04May-2026
«Аспанымызда еки жулдыз»
Әдебий кеше болып өтти
Бүгин районлық Мәлимлеме-китапхана орайында «Аспанымызда еки жулдыз» атамасында халқымыздың кеўил дәртлерин сөз шеберлиги менен өз қосықлары ҳәм шығармалары арқалы жеткерип берген уллы инсанлар И.Юсупов ҳәм Т. Қайыпбергеновлардың туўылған күнине 97-жыл толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше болып өтти.
Кешеде районлық 5-23-36-40-43-46-санлы мектеп оқыўшылары белсендилик пенен қатнасып, өзлериниң бир-биринен әжайып, жанлы ҳаўазда қосықларын атқарды ал, жас қәлемкешлер болса сүўретлер салды. Соңынан, қатнасыўшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Shımbay rayonı Málimleme-kitapxana orayı Málimleme xızmeti
