
19Сен-2024
Хан Атлас фестивалы
Шымбай районы Мәлимлеме-китапхана орайында «Хан атлас-2024» миллий фестивалына бағышланған «Хан атлас тарийхымыздан дерек» атамасындағы кѳргизбели кеше болып ѳтти.
Онда қатнасқан ҳаял-қызлар миллийлигимиз тымсалы болған хан атластың тарийхы, оның бүгинги күнимиздеги әҳмийетине тоқталып ѳтип, оның кѳздиң жаўын аларлық реңлери менен сулыў нағыслары барлық ҳаял-қызларымызға гѳззалық бағышлайтуғынлығын айтып ѳтти.